Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

«Ақсақал» фильминиң премьерасы



Усы жыл 13-апрель күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрда «Қарақалпақфильм» киностудиясы тәрепинен сүўретке алынған «Ақсақал» ҳүжжетли фильминиң премьерасы болып өтти.
Сцераний авторы Қарақалпақстан халық жазыўшысы М.Нызанов, «Өзбекфильм» киностудиясының режиссёры,  Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген мәденият хызметкери А.Ғаниевлардан ибарат дөретиўшилик топар тәрепинен сүўретке алынған бул фильмде белгили нураний, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик искер, «Эл-юрт ҳурмати» ордениниң ийеси Қәллибек Камаловтың өмири ҳәм мийнет жолына бағышланады. Фильм республикамыздан тысқары Ташкент ҳәм Москва қаларында да сүўретке алынды.
Халқым деп, елим деп, хызмет еткен инсанның мийнети ҳеш қашан умытылмайды, арадан ўақыт өткен сайын оған деген ҳүрмет-иззет артып барады. 1926-жылы Қараөзек районында туўылып өскен Қәллибек Камалов жас болыўына қарамастан қайсы лаўазымда ислесе де өзиниң билими, талапшаңлығы, шөлкемлестириўшилик уқыбы менен көзге түсти. Соннан болса керек, оған үлкен исеним билдирилип, 1963-жылы Қарақалпақстан областлық партия комитетиниң биринши секретары  болып сайланды ҳәм республикамыздың гүллеп-раўажланыўына өзиниң салмақлы үлесин қосты.
Қысқа ўақыттың ишинде тийкарғы байлығымыз болған пахта жетистириўде Өзбекстанда алдыңғы орынлардың бирине шықты. Салыгершилик, мал шарўашылығы ҳәм басқа тараўлар да раўажланды. Нөкис қаласында, район орайларында заманагөй имаратлар бой тикледи.
Солардың  қатарында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети, Тақыятас гидроэлектр станциясы, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры, Нөкис қаласындағы Бердақ гүзары көшеси бойындағы көп қабатлы турақ жайлар ҳәм басқа да көплеген имаратларды атап өтиўимизге болады. Қарақалпақстанға темир жолдың келиўи халқымыздың турмысындағы тарийхый ўақыялардың бири болды. Республикамыздың қала ҳәм район орайларынан тысқары, ең шетки аўылларына шекем тәбийғый газ ҳәм электр энергиясы, ишимлик суўы менен тәмийинленди.
-Халқымыздың узақ жыллық тарийхына нәзер таслайтуғын болса, ҳәр бир әсирде жасап өткен өзлериниң тарийхый тулғаларын мақтаныш етеди,-дейди фильмниң сценарий авторы Муратбай Нызанов.- Олардан XVIII  әсирде Маман бий, XIX әсирде Айдос бий, Ерназар бий, XX әсирдиң биринши ярымында Аллаяр Досназаров болса, екинши ярымында республикамызды шерек әсирге шамалас басқарған Қәллибек Камаловты атап өтсек болады. Усы көз-қарастан қарағанда бул ҳүжжетли фильм бәршемиз ушын ҳүрметли ел ағасының өмири ҳәм мийнет жолына ғана емес, соның менен бирге, Қарақалпақстан Республикасының жаңа тарийхына  бағышланған, десек асыра айтқан болмаймыз.
Премьерадан соң «Нураний» қоры Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң баслығы Ш.Уснатдинов, мийнет ветераны А.Тажиев, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларына мийнети сиңген көркем өнер хызметкери, белгили композитор Н.Мухамеддинов, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзасы, Қарақалпақстан халық шайыры Г.Аннақлышева шығып сөйлеп, Қәллибек Камаловтың республикамызды ҳәр тәреплеме раўажландырыў, кадрлар таярлаўдағы мийнетлерине тоқтап өтти ҳәм фильм туўралы өзлериниң пикирлери менен ортақласты.
Өз гезегинде нураний ақсақалымыз Қарақалпақстан Республикасының халқына, соның ишинде нуранийлерге көрсетип атырған ғамхорлығы ҳәм айрықша итибары ушын Президентимиз Шавкат Мирзиёевқа шексиз миннетдаршылық билдирди.
Жыйналғанларға республикамыз көркем өнер шеберлериниң концерт бағдарламасы қойып берилди.
Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Ҳамраев қатнасты ҳәм шығып сөйледи.
 
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.
    2019-04-16 15:34:26 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine