Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Abiturientlerden hújjetler 15-iyunnan 15-iyulǵa shekem qabıllanadı



Derek: Ádillik ministrligi
 
Ҳүкимет қарары менен жоқары билимлендириў орынларына оқыўға кириў ушын ҳүжжетлерди қабыл етиў бойынша мәмлекетлик хызметлерин көрсетиўдиң ҳәкимшилик регламенти тастыйықланды.
 Оған муўапық, абитуриентлер билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыл етиў бойынша Мәмлекетлик комиссиясы тәрепинен белгиленетуғын жоқары билимлендириў мәкемелерине Мәмлекетлик хызметлери орайлары ямаса Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлери порталы арқалы ҳүжжет тапсырыўы мүмкин ҳәм усы жоқары оқыў орынлары дизими ҳаққында 5 күнлик мүддетте усыныс Мәмлекетлик комиссиясына киргизилиўи лазым.
Мәмлекетлик хызметлери орайлары тәрепинен ҳүжжетлер 15-июннан 15-июлға шекем абитуриентлердиң турақлы дизимде турған орнынан қарамастан қабыл етиледи.
Басқа жоқары оқыў орынларына ҳүжжетлер жоқары билимлендириў мәкемелери қабыллаў комиссиялары тәрепинен 15-июннан 15-июлға шекем қабыл етиледи.
 
    2019-06-08 17:30:32 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine