Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

2017-жылы туўылған бөпелерге қандай атлар көп қойылғаны белгили болды



Өзбекистанда 2017-жылы 722 094  туўылыў дизимге алынды. Бөпелердиң 375 192 ул балалар, 346 894 қызлар болды. Бул ҳаққында Әдиллик министрлигиниң социаллық тармақтағы «Ҳуқуқий ахборот» каналында мәлим етилди, деп жазады kun.uz.
Атап айтқанда, 14 382 егизеклер туўылып, олар улыўма туўылыў санының 1,9%тин қурайды. 138 шаңарақта 3 егизек, Шаҳрихон қаласында 4 егизек дүньяға келген.
Республика көлеминде ең көп туўылыў Самарқанд ўәлаятында (89 637) есапқа алынды.
Сондай-ақ, салмағы 9,870 гр болған қыз бала ҳәм 70 см болған ул бала туўылған. Ғәллеарал районында болса ана 9-перзентин дүньяға келтирди.
Ең көп қойылған атлар Азизбек ҳәм Мадина болды. 5 674 ул ҳәм 5 678 қыз балаға усы атлар қойылған.
    2018-01-16 12:09:51 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine