2017-жыл 30-декабрь күни Нөкисте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң он тоғызыншы сессиясы болды
2017-жыл 30-декабрь күни Нөкисте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң он тоғызыншы сессиясы болып өтти. Бул ҳаққында Жоқарғы Кеңестиң рәсмий сайты
хабар берди. 2018-жыл Қарақалпақстанда «Мектепке шекемги билимлендириў жылы» деп белгиленип, мəмлекетлик-жеке сектор шериклиги тийкарында 170 бала бақшасын жаңадан қурыў режелестирилмекте. Улыўма усы жылы республикамыз бойынша 4 триллион сумнан аслам қаржы есабынан 367 ири жойбарды əмелге асырыў режелестирилген. Буннан тысқары, Сессияда Қарақалпақстан Республикасы Ҳəкимшилик суды баслығын сайлаў мəселеси көрип шығылып, депутатлар бул лаўазымға Абылай Адиловты сайлады ҳəм тийисли қарар қабыл етти.