15-avgusttan «Tashkent-Shımbay» jónelisinde turaqlı avtobus qatnaydı
Усы жылдың 15-август сәнесинен баслап “Uzautotrans service” ЖШЖ тәрепинен «Ташкент-Шымбай» жөнелисинде турақлы автобус қатнаўлары жолға қойылады. Өзбекстан Республикасы Транспорт министрлиги мәлимлеме хызметиниң
хабарына қарағанда, автобуслар Нөкис қаласы арқалы ҳәрекетленеди. Ташкент автовокзалынан автобус саат 08:00 де жүрип кетеди.
Шымбайдан болса 08:20да Ташкентке қарай шығады.
Бул жөнелис аралығы 1216,3 км.ди қурайды. Билет баҳасы болса 124 000 сўм етип белгиленген. Нөкис қаласына болса 118 000 сўмды қурайды. Билетлерди Ташкент автовокзалы кассаларынан сатып алыў мүмкин.