Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

1-январьдан «Бир айна» орайлары Мәмлекет хызметлери орайларына айландырылады



2018-жыл 1-январьдан баслап «Бир айна» орайлары Мәмлекет хызметлери орайларына айландырылады. Бул ҳаққында KUN.UZ хабар бермекте.
Атап өтилиўинше, бул өзгерис Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 12-декабрьдеги Пәрманы менен белгиленген. Пәрманға бола, Мәмлекет хызметлери орайларының тийкарғы ўазыйпалары төмендегилер:
Физикалық ҳәм юридикалық шахсларға «бир айна» принципи бойынша, сол қатары алыс орынларға шыққан ҳалда мәмлекет хызметлерин көрсетиў;
мәмлекет хызметлери сервисиниң жоқары сапасы, оперативлиги, әшкаралығы, қолайлығы ҳәм пайдаланыў имканиятын тәмийинлеў, бул тараўда бюрократия ҳәм басқа административлик тосықларға жол қоймаў;
мекемелер аралық шерикшиликти, ең алды менен, мәмлекет хызметлери көрсетиў ушын зәрүр ҳүжжет ҳәм мағлыўматларды тезлик пенен алыўды тәмийинлеўши электрон шерикшиликти әмелге асырыў;
мәмлекет хызметлери көрсетиўде физикалық ҳәм юридикалық шахсларға қәнигели информация ҳәм мәсләҳат жәрдемлерин көрсетиў;
ўәкилликли мәмлекет органлары ҳәм басқа шөлкемлер тәрепинен мәмлекет хызметлери көрсетиўде нызам ҳүжжетлери ҳәм административлик регламентлер талапларына әмел етилиўин тәмийинлеў.
    2018-01-05 07:08:41 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine