Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

1-август күни Нөкисте айырым жоллар жабылады



Қарақалпақстан хабар агентлиги хабар бериўинше, 1-август күни тест сынаўлары өткерилиўи мүнәсибети менен барлық тест сынаўлары өткерилетуғын оқыў орынлары жайласқан көшелерде ўақтынша жәмийетлик тәртипти сақлаў, жол транспорт ҳәдийселериниң алдын алыў ҳәм жол ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде айырым жолларда ҳәм кесилиспелерде жоллар жабылады ҳәм авторанспортлардың жүриўи шекленеди.
Олар «А.Арзиев – Дослық гүзары», «А.Досназаров – Ч.Абдиров», «Ч.Абдиров – Қурбанов», «А.Досназаров – А.Беруний», «А.Досназаров – Ж.Аймурзаев», «Ж.Аймурзаев – Н.Жапақов», «А.Досназаров – Т.Қайыпбергенов», «Н.Сараев – А.Досназаров», «П.Сейтов – Х.Абдамбетов», «П.Сейтов – Ақмаңғыт», «.А.Беруний – Ю.Қурбанов» көшелери кесилиспелери. Олар аралығына тийисли ҳәрекетти қадағалаўшы жол белгилери орнатылып, тосықлар менен бекленеди.
Соған байланыслы айырым жөнелисли транспорт қураллары ўақтынша схема бойынша жолларын өзгертиўи мүмкин.
Дерек: makan.uz
    2017-07-31 13:30:14 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine