Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

1-апрельден ижара шәртнамасын тастыйықлаў ушын мәмлекетлик бажы ставкасы еки есеге азайтылады



Өзбекстан Республикасы Президенти «Жүк ҳәм жолаўшы тасыў системасын түпкиликли жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарға қол қойды.
Ҳүжжет тийкарында 2019-жыл 1-апрельден  баслап юридикалық ҳәм физикалық тәреплер арасындағы ижара шәртнамасын тастыйықлаў ушын мәмлекетлик бажы ставкасы әмелдегисине салыстырғанда еки есеге азайтылады.
Транспорт министрлиги Ишки ислер министрлиги, Мәмлекетлик бажыхана комитети ҳәм Мәмлекетлик салық комитети менен биргеликте 2019-жыл 1-июльға шекемги болған мүддетте «UzTrans» бирден-бир интерактив мәлимлеме системасының жаратылыўын тәмийинлейди.
2019-жыл 1-июльдан төмендегише тәртип енгизиледи:
– жөнелисли таксилер ушын талап етилетуғын төлеў терминаллары, таксометр есаплағышлар ҳәм радиобайланыс қурылмалары алмастырылып атырған үскенелер функцияларын тәмийинлейтуғын арнаўлы қосымшаларға ийе қурылмалар (мобиль телефонлар, планшетлер, электрон төлеў системалары) менен алмастырылыўы мүмкин;
– жөнелисли таксиге нызамшылық тийкарында талап етилетуғын реңди өзи жабысатуғын материаллардан пайдаланыў жолы арқалы бояў зәрүрлигисиз бериў;
– жөнелисли такси сыпатында ислетилетуғын ҳәм сыртқы және ишки безеўши бирден-бир белгилери  менен үскенеленген жеңил автомобильлер жөнелисли транспорт қураллары ҳәрекетиниң арнаўлы жолынан жүриўи, сондай-ақ, «Тоқтаў қадаған етилген» белгиси әмел ететуғын орында тоқтаўы мүмкин;
– халықаралық автомобиль тасыўлары ушын сырт ел/көп тәреплеме рухсатнамалар алыў ушын арза қабыл етилген күннен баслап бир жумыс күни даўамында көрип шығылады.
 
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.
 
    2019-03-07 17:15:51 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine