Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

1-апрельден газ ҳәм электр энергиясы баҳалары, айлық ҳәм напақалар да көтериледи



1-апрельден тәбийий газ баҳасы 10%ке, электр энергиясы болса 12%ке көтерилиўи күтилмекте. Бул ҳаққында пийшемби күни болып өткен Халық аралық пресс-клуб жыйналысында Өзбекистан экономика министриниң биринши орынбасары Мубин Мирзаев мәлим етти, деп хабарлады gazeta.uz. Оның сөзлерине қарағанда, бул 2018-жылғы мәмлекет бюджетинде нәзерде тутылған болып, инфляция көрсеткишлерине мас келеди. Соның менен бирге, экономика министриниң биринши орынбасары жыл даўамында айлық ҳәм напақалар да әдалатлы түрде көтерилиўин қосымша етти.
Өткен жыл декабрьде Мубин Мирзаев 2018-жыл Өзбекистанда айлық ис ҳақысының көтерилиўи инфляция дәрежесинен төмен болмайтуғынын мәлим еткен еди.
Газ ҳәм электр энергиясы тарифлери соңғы рет 2017-жылдың июлында көтерилген.
 
    2018-01-11 10:39:29 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine